Bas beti

Қараөзек аўыл хожалық колледжи Мәлимлеме — ресурс орайында 7-май күни Өзбекистан қаҳарманы Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм Өзбекистан қаҳарманы Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылған күнине арнап ушырасыў кешеси өткерилди

Ушырасыўды руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Р.Турдыбеков кирис сөз бенен ашты.

Тилши муғәллим З.Қосжанова шайыр И.Юсупов ҳәм жазыўшы Т.Қайыпбергеновтың сөнбес мийрасы халықымыз ушын және де әҳмийетли мәни пайда етиўин, шайыр ҳәм жазыўшының улыўма инсанийлық қәдриятлар туйғылары жоқары перделерде сәўлеленген әдебий шығармалары, ибратлы өмири ҳәм жәмийетлик хызмети менен халықларымыздың мәдениятының раўажланыўына қоскан үлкен үлеси ҳаққында айтып өтти.

Буннан соң Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қараөзек районлық кеӊеси баслығы Қ.Жақсымуратов Өзбекистан қаҳарманы Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың ҳәм Өзбекистан қаҳарманы Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кеңнен түсиник берип өтти.

Топар оқыўшылары Өзбекистан қаҳарманы Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың қосықларынан айтып берди. Кеше барысында шайыр ҳәм жазыўшылар ҳаққындағы мағлыўматларды электрон сабақлықлардан (мультимедиа) арқалы көрсетип берди.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл қылынғанлығының
25 жыллығына бағышлап «Конституция – тынышлық ҳәм пәраўанлығымыз негизи»  атамасында ушырасыў өткерилди

Ушырасыўды руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Р.Турдыбеков кирис сөз бенен ашып, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 25 жыллық байрамы менен қутлықлап өтти ҳәм бас нызамымыздың әҳмийети ҳаққында түсиник берип,  елимизде алып барылып атырылған реформалар, әсиресе жаслар сиясаты ҳәм буның нәтийжесинде ерисилген жетискенликлер, жаратылып атырылған шараят ҳәм имканиятлар ҳаққында да тоқтап өтти.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қараөзек районы Кеңеси баслығы Қ.Жақсымуратов сөзге шығып, бас нызамымыз ҳәм дөретилиўи, жәмийеттеги әҳмийети ҳаққында баянат жасады. Ғәрезсизлигимиздиң конституциясы мәмлекетимиздин улкен нышаны болып, онда оз рауажланыу жолымыз хам анық максетлеримиз сәўлелениўин тапты. Және де ол келешек әўладтың еркинлик, ғәрезсизлик ҳәм азатлық байрамы сыпатында белгиленип келмекте.  Бул жолда алып барылып атырылған ислер, жаслар мәнаўияты, олардың сиясий-ҳуқықый билимлерин жетилистириў ҳәм арттырыўда жәмийетлик шөлкемлер хызметин  партия илаж ҳәм жойбарлары  мысалында тоқтап өтти.

   Буннан соң Мәлимлеме ресрус орайы қәнигеси Қ.Қәллибекова сөзге шығып Конституция бойынша пикирлерин билдирди.

21-март «Наўрыз улыўма халықлық байрамы»на арнап колледж жәмәәти арасында «Ҳәр күнимиз Наўрыз болсын» атамасында өткерилген сейил өткерилди

Бул сейилди колледж директоры Қ.Бердимуратов ашып берди ҳәм колледж жәмәәтин Улыстың уллы күни «Наўрыз улыўма халықлық байрамы» менен қутлықлады. Топар оқыўшылары өзлериниң миллий тағамларын, миллий әспаб-үскенелерин, миллий кийим-кеншеклерин столларға жайып, келген мийманларға, колледж жәмәәтине инәм етти.

          Колледжимизде Наўрыз гөже писирилип, дастурханға тартылды. Колледж оқыўшылары тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы әсиресе олардың фольклор композициясы жүдә қызықлы болып өтти.

          Спорттың арқан тартыс ҳәм гүрес түрлеринен колледж оқыўшылары қатнасып, жеңимпаз торалар ҳәм оқыўшыларға сыйлы саўғалар берилди.

21-март «Наўрыз улыўма халықлық байрамы»на арнап «21-март Наўрыз байрамы» деген темада китап көргизбе шөлкемлестирилди.

8-март Халықаралық «Ҳаял-қызлар байрамы»на арнап  «Ҳаял бахты жәмийет бахты» атамасында өткерилген әдебий кеше өткерилди

Кешени колледж директоры Қ.Бердимуратов ашып берди ҳәмде бәрше кешеге қатнасып отырған Ҳаял қызларды 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен қутлықлады. Оқыў ислери бойынша директор орынбасары Г.Оразбаева ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлады.

3 курс 5-15 топары оқыўшысы К.Сарқытбаева шыгып сөйлеп бәршени байрам менен шын кеўилден қутлықлады ҳәм өзи дөреткен қосықларынан айтып берди.

Байрам соңында  колледж оқыўшылары өзлериниң қызықлы концерт бағдарламасын қойып берди. Кеше жүдә тәсирли ҳәм жүдә қызықлы болып өтти.

8-март «Ҳаял-қызлар байрамы»на арнап «8-март Ҳаял-қызлар байрамы» деген темада китап көргизбе шөлкемлестирилди.

Қараөзек аўыл хожалық кәсип-өнер колледжи Мәлимлеме ресурс орайында 2018-жыл 14-февраль күни уллы бабаларымыз А.Наўайының
577-жыллығына, З.М.Бобурдын 535-жыллыгына арнап «Бабаларымыз мийрасы уллы» деген темада әдебий кеше болып өтти.

Кеше тилши муғәллимлер ҳәм мәлимлеме ресурс орайы хызметкерлери менен биргеликте өткерилди. Кешени өзбек тили муғәллими М.Сейтмуратова алып барды. Бул кешени оқыў ислери бойынша директор орынбасары Г.Оразбаева ашып берди. А.Наўайы шығармалары уллы мийрасларымыз бул бойынша мәлимлеме ресурс орайы баслыгы  айтып берди. «Ғәзел мүлкиниң султаны» деген темада мәлимлеме ресурс орайы жетекши қәнийгеси К. Каллибекова библиографиялық шолыў жасады. 5-15 топары окыушысы К.Саркытбаева «Наўайыға» қосығын оқып берди. Мухаммед Бобурдың өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша мәлимлеме ресурс орайы бслығы Д.Қосжанова  доклад жасады. Топар оқыўшылары А.Наўайы шығармаларынан ғәззеллер айтып берди. Еки уламаның шыгармаларынан таярланған сақналық көринис жүдә қызықлы болып оқыўшыларды үлкен қызығыўшылық оятты. Бул әдебий кеше жүдә қызықлы ҳәм тәсирли болып өтти. Мәлимлеме ресурс орайында  «Даналардын данасы А.Науайы» деген темада китап көргизбе мүйеш шөлкемлестирилди. Бул көргизбе ҳәм мүйешлерде А.Наўайының шығармалары, қосықлары, ғәзеллери ҳәм А.Наўайы ҳаққындағы мақалалар орын алған.

 

2018 жыл 22-январь күни Мәлимлеме — ресурс орайында Өзбекистан Республикасының биринши президенти уллы сиясий ғайраткер Ислам Абдуғаниевич Каримовтың 80 жыллығына арнап Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қараөзек районлық кеӊеси ҳәм Өзбекистан Жаслар Аўқамы Қараөзек аўыл хожалық кәсип-өнер колледжи басланғыш шөлкеми менен биргеликте ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўға Халық депутатлары Қараөзек районлық кеӊесине партиядан сайланған депутат А.Палуаниязов, партия районлық кеӊеси баслығы Қ.Жақсымуратов, колледждиӊ мәлимлеме ресурс орайы баслығы Д.Қосжанова, жаслар жетекшиси А.Султанова, партия «Жаслар қанаты» белсендиси А.Қалжанова ҳәм колледж оқытыўшы ҳәм оқыўшылары қатнасты. Кешени Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қараөзек районлық кеӊеси баслығы Қ.Жақсымуратов ашыт ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде 2017 жыл 27-ноябрде Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтыӊ «Өзбекистан Республикасыныӊ Биринши Президенти, уллы мәмлекет ҳәм сиясат искери Ислам Абдуғаниевич Каримов туўылғанлығыныӊ  80 жыллығын нышанлаў ҳаққында» қарар қабыл етилгенлигин ҳәм усы тийкарда елимизде бир қатар ис-илажлар әмелге асырылып атырғанын айтып өтти. Буннан соң Халық депутатлары Қараөзек районлық кеӊесине партиядан сайланған депутат А.Палуаниязов сөзге шығып Биринши Президентимиздиӊ өмир жолы ҳәм мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеў жолында алып барған жумыслары, жас әўладқа қалдырған мийрас-дөретпелери ҳаққында пикир билдирип, қатнасыўшыларды Биринши Президентимиз нәзериндегидей жаслар болыўға шақырды. Ушырасыў даўамында жаслар тәрепинен Биринши Президентимиздиӊ мәмлекетимиз тарийхында баслап берген уллы исин даўам еттириў, бул бағдарда жасларға болған аталарша ғамхорлық, итибар ҳәм шараяттыӊ нәтийжесинде ерисилип атырылған табыслар, ибратлы мийнет жолы ҳаққында пикирлерин билдирди. Илаж даўамында халқымыз тарийхында өшпес из қалдырған уллы инсанныӊ дөретпелери, мийнетлери ҳаққында китаплар көргизбеси ҳәм исмин мәӊгилестириў бағдарында алып барылып атырылған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

 

 

2018 жыл 13-январь күни Мәлимлеме — ресурс орайында Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 26 жыл толыўы ҳәм 14-январь – «Ўатан қорғаўшылар күни» не бағышланып кеше өткерилди.

Кешеге Қараөзек район Қорғаныў ислери бөлиминиң СЧР бөлими баслығы майор Ж.Халмуратов, Өзбекистан Республикасы Жаслар аўқамы  Қараөзек районлық Кеңеси баслығы Ғ.Қудайбергенов, ЖШШБТ бөлими баслығы А.Айтимов ҳәм колледж оқыўшылары қатнасты. Кешени ЖШШБТ басшысы Б.Арихов ашты ҳәм алып барды. Кешеде Қараөзек район Қорғаныў ислери бөлиминиң СЧР бөлими баслығы майор Ж.Халмуратов өз сөзинде соңғы жыллары елимиз жаслары арасында Өзбекистан Республикасы Қураллы кушлери қатарында хызмет етиўди қәлеўшилер саны жылдан — жылға артып баратырғанлығы, бул болса Армиямыз абыройының кең жәмийетшилик арасында өсип баратырғанлығынан дәрек береди деп айтып өтти. Буннан соң Өзбекистан Республикасы Жаслар аўқамы  Қараөзек районлық Кеңеси баслығы Ғ.Қудайбергенов сөзге шығып Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 26 жыл толыўы ҳәм 14-январь – «Ўатан қорғаўшылар күни» менен қутлықлады ҳәм жасларымызды Ўатан сүйиўшиликке, Ўатанды көз қарашығындай асырап абайлаўға шақырып қалды. Сондай-ақ коллеж оқыўшылары өзлериниң таярлап келген Ўатан ҳаққындағы қосықларынан пәршелер оқып берди. Усы кешеге арнап «Өзбекистан ғәрезсиз ўатанымыз, милий армиямыз мақтанышымыз» деген темада атамасында китап көргизбе шөлкемлестирилди ҳәм таныстырылды.

 

Қараөзек аўыл хожалық кәсип – өнер колледжинде 2018-жыл 26-декабрь күни Жана жыл байрамына арнап кеше болып өтти.

Кешеде колледж директоры Қ.Бердимуратов шығып сөйлеп колледж хызметкерлери ҳәм оқыўшы жасларын кирип киятырған 2018 жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм байрам кешеси ашық деп жариялады.

Буннан соң сөзге руўхый ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Р.Турдыбеков шығып сөйледи. Ол өз сөзинде колледж жәмәәтин жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм кейинги жумысларында табыслар тилеп, колледж белсенди оқыўшы жасларына колледж жәмәәти тәрепинен диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

WordPress Themes